«Киберқаўипсизлик бойынша» жасларға түсиндириў жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан Республикасы «Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети» мәмалекетлик кәрханасы бас юрист У.Рахманова тәрепинен 27-март күни Қарақалпакстан Мәмлекетлик Университети жанындагы 1-санлы Академиялық лицейинде жаслардың ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған ушырасыў кешеси өткерилди. Ушырасыў даўамында жаслардың нызамда белгиленген ҳуқықлары ҳәм кепилликлери түсиндирип берилди ҳәм «Киберқаўипсизлик бойынша» нызамы менен таныстырылып, түсиндириў жумыслары алып барылды.
